Abdiqadir Qayipov dan repost
Abdiqadir Qayipov:
МУҢЛЫ ШАЙЫР МЕНЕН ГҮЛҚЫЗДЫҢ ДЕГИШПЕСИ
ГҮЛҚЫЗ:
Қарамайды ўақыт заңғар
шапқыр-әй ,
Жапсаңдағы ийинине тон
сарпай ,
(Жыллы ҳаўа райы бир де
булағай)
Күнлер , айлар , жыллар
өтип баратыр .
Кеше көклемзарлық , бүгин қар
дала ,
(Кең музда тоқтамай зырылдар
шана)
Нығайып толысқан сол ,,шатақ"
бала ,
Күнлер , айлар , жыллар
өтип баратыр .
,,Кейниңдегин көрип қартаярсаң"
дер ,
Айтылған бул гәпке терең мәни
бер ,
Бойын туўған балаң бойыңа
теңер ,
Күнлер , айлар , жыллар
өтип баратыр .
Болайық уяда , мейли
қыяда ,
Тарағай нурымыз меҳир
зияда ,
Мейли қәлемегил , мейли
қәле дә ,
Күнлер , айлар , жыллар
өтип баратыр.
МУҢЛЫ ШАЙЫР:
Жүргенимде қыздың сортын даралап,
Аппақ қыраў сақал-шашты аралап,
Дүрким өткен, қалдым жерди сабалап,
Жаўан қалып, қызлар өтип баратыр.
Жаўанлардың бири кетек аралап,
Биреўи жүр нанбайларды саралап,
Жаўанлар да Муңлы қәлбин жаралап,
Кемпир қалып, жаўан өтип баратыр.
ГҮЛҚЫЗ:
Айтар еди көп таңлаған
тазға деп,
Сортлағандай қыз алмама
бир кенеп,
Кеўил қартаймаса болды
сол демек,
Қәлем ушы йош илҳәмға
парадур.
Муңлы жигит бунша налыс
қыласаң,
Несийбеден бос қалмаған
шығарсаң,
Сәл бурылып оң жағыңа
қарасаң,
Шекеде гүл, бир қыз өтип
баратыр.
МУҢЛЫ ШАЙЫР:
Сортлағаным. Оның да бар себеби,
Болсын деймен өз атыма ылайық.
Бир күлгенге Термешидей жабыссам,
Не айтады сыртымыздан халайық.
Бир көриўден көзиң менен унатқан,
Болмайды ғо сүйгениңдей жүректен.
Гүлқыз шығар гүл қыстырған шекеге,
Хабарын бер оң жақтағы деректен.
ГҮЛҚЫЗ:
Термешиниң тоқалпараз
аты бар,
Бәлким сол өзине унайтын
шығар,
Сен де емес ақхожаның
ақлығы,
Нешше қызға таққан сезимнен
тумар.
Бу күнлиги дым ақыллы
болыпсаң,
Оң тәрептен хабар бер деп
турыпсаң,
Гүл қыстырған аўа мен сол
шекеге,
Жигитлерге исениўге
қорыққан.
МУҢЛЫ ШАЙЫР:
Биреўине ашық болсам мабада,
Тоқал бол деп қарамайман басқаға.
Ўатан жалғыз, қатын жалғыз дегендей,
Көз сүзбеймен сулыўға да, жасқа да.
Айтқаныңның ҳақыйқаттан жаны бар,
Сезим айтып жети дүрким айландым.
Сортлап жүрип өткериппен ўақытты,
Шығарлықта Гүлқызға мен байландым.
ГҮЛҚЫЗ:
Көп-ғо қызлар, маңлай ала
қасқасы,
,,Байландым"...деп, ушырасса
басқасы,
Ҳәр шақада бир секирген
маймылдай,
Боп турмасын Ләзгисымақ
танцасы.
Ой қозағы, сөз серели,
ес енгир,
Шыннан егер анық мени
десең бир,
Қойып шыбыжыңды,
болып салдамлы,
Бул гүптикей кеўилимди
исендир.
МУҢЛЫ ШАЙЫР
Треккерди қойып едим гиреўге,
Оннан артық исенимге не керек.
Гиреў ушын және немди қояйын,
Алма бағ бар, және атыз ақтерек.
Исенсең гәр мениң айтқан сөзиме.
Ашығыў-бийқарарың өзим болайын.
Бир сөзимнен кетсе егер қылаплық,
Гүз гүлиндей гүзди көрмей солайын.
ГҮЛҚЫЗ:
Не десемде барып атырсаң
барымға,
Бир илҳәм әйлетип кеўил
тарыма,
Бул турыста исиң оңынан
басып,
Айланып қалмасаң ашық
ярыма.
Гүз гүлиндей солмай-ақ ғой,
жүр оннан,
Айланайық байрам алды
ёлканы,
Жақсы нийет, саўғасынан
алайық,
Арқалаған Аяз ата
дорбаны.
МУҢЛЫ ШАЙЫР:
Көзи емес сүйип қалған жүректен,
Шын ашықлар барар барлық барымға.
Коллекция жасап жүрген тоқалдан,
Ашық емес мәс болады ярымға (0,5).
Көктен күсегеним жерден табылып,
Ашық ярың болсам Тайыр, Ғәриптей.
Изимизге ерип шайырлар әҳли,
Жүреди ғо ышқымызды тәриплей.
ГҮЛҚЫЗ:
Кеўилим толғандай
зер сөзлериңе,
Десең егленбейин
,,ер излериме",
Басқан қәдемиме паяндоз
гүллер,
Жол таба алдыңыз
қыздың кеўлине.
Сайраса бүлбүллер шақада
қонып,
Ашықлық дәстаны жырларға
толып,
Мине, создым қолды Зухраң
болып,
Көз моншақ тағып қой
ақ билегиме.
МУҢЛЫ ШАЙЫР:
Кемпирим деп ўәде берген күн-түни,
Не керек ондайдың олла-билласы.
Көзмоншақты қыстырып ал жағаңа,
Жараспай ма билезиктиң тилласы.
Бағқа кирсек йош келеди бүлбилге,
Пырағымыз айланады дүлдилге.
Ышқ сарайдың тажы-тахты сеники,
Ўәдепазлар жүрсин қонып ҳәр гүлге.
ГҮЛҚЫЗ:
Қайтар ушқан қуслар ерте
бәҳәрде,
Айтып ышқ намасын таңда,
сәҳәрде,
Ўәде берк болып мендеги,
сенде,
Кеўил шыннан сүйсе
ҳасла айнымас.
Нурын төгип меҳир менен
қуяшы,
Бүркетилген, көлегейлеп
саясы,
Алмалы бағ муҳаббеттиң
гуўасы,
Кеўил шыннан сүйсе
ҳасла айнымас.
Айтыс ушын миннетдарман!
МУҢЛЫ ШАЙЫР МЕНЕН ГҮЛҚЫЗДЫҢ ДЕГИШПЕСИ
ГҮЛҚЫЗ:
Қарамайды ўақыт заңғар
шапқыр-әй ,
Жапсаңдағы ийинине тон
сарпай ,
(Жыллы ҳаўа райы бир де
булағай)
Күнлер , айлар , жыллар
өтип баратыр .
Кеше көклемзарлық , бүгин қар
дала ,
(Кең музда тоқтамай зырылдар
шана)
Нығайып толысқан сол ,,шатақ"
бала ,
Күнлер , айлар , жыллар
өтип баратыр .
,,Кейниңдегин көрип қартаярсаң"
дер ,
Айтылған бул гәпке терең мәни
бер ,
Бойын туўған балаң бойыңа
теңер ,
Күнлер , айлар , жыллар
өтип баратыр .
Болайық уяда , мейли
қыяда ,
Тарағай нурымыз меҳир
зияда ,
Мейли қәлемегил , мейли
қәле дә ,
Күнлер , айлар , жыллар
өтип баратыр.
МУҢЛЫ ШАЙЫР:
Жүргенимде қыздың сортын даралап,
Аппақ қыраў сақал-шашты аралап,
Дүрким өткен, қалдым жерди сабалап,
Жаўан қалып, қызлар өтип баратыр.
Жаўанлардың бири кетек аралап,
Биреўи жүр нанбайларды саралап,
Жаўанлар да Муңлы қәлбин жаралап,
Кемпир қалып, жаўан өтип баратыр.
ГҮЛҚЫЗ:
Айтар еди көп таңлаған
тазға деп,
Сортлағандай қыз алмама
бир кенеп,
Кеўил қартаймаса болды
сол демек,
Қәлем ушы йош илҳәмға
парадур.
Муңлы жигит бунша налыс
қыласаң,
Несийбеден бос қалмаған
шығарсаң,
Сәл бурылып оң жағыңа
қарасаң,
Шекеде гүл, бир қыз өтип
баратыр.
МУҢЛЫ ШАЙЫР:
Сортлағаным. Оның да бар себеби,
Болсын деймен өз атыма ылайық.
Бир күлгенге Термешидей жабыссам,
Не айтады сыртымыздан халайық.
Бир көриўден көзиң менен унатқан,
Болмайды ғо сүйгениңдей жүректен.
Гүлқыз шығар гүл қыстырған шекеге,
Хабарын бер оң жақтағы деректен.
ГҮЛҚЫЗ:
Термешиниң тоқалпараз
аты бар,
Бәлким сол өзине унайтын
шығар,
Сен де емес ақхожаның
ақлығы,
Нешше қызға таққан сезимнен
тумар.
Бу күнлиги дым ақыллы
болыпсаң,
Оң тәрептен хабар бер деп
турыпсаң,
Гүл қыстырған аўа мен сол
шекеге,
Жигитлерге исениўге
қорыққан.
МУҢЛЫ ШАЙЫР:
Биреўине ашық болсам мабада,
Тоқал бол деп қарамайман басқаға.
Ўатан жалғыз, қатын жалғыз дегендей,
Көз сүзбеймен сулыўға да, жасқа да.
Айтқаныңның ҳақыйқаттан жаны бар,
Сезим айтып жети дүрким айландым.
Сортлап жүрип өткериппен ўақытты,
Шығарлықта Гүлқызға мен байландым.
ГҮЛҚЫЗ:
Көп-ғо қызлар, маңлай ала
қасқасы,
,,Байландым"...деп, ушырасса
басқасы,
Ҳәр шақада бир секирген
маймылдай,
Боп турмасын Ләзгисымақ
танцасы.
Ой қозағы, сөз серели,
ес енгир,
Шыннан егер анық мени
десең бир,
Қойып шыбыжыңды,
болып салдамлы,
Бул гүптикей кеўилимди
исендир.
МУҢЛЫ ШАЙЫР
Треккерди қойып едим гиреўге,
Оннан артық исенимге не керек.
Гиреў ушын және немди қояйын,
Алма бағ бар, және атыз ақтерек.
Исенсең гәр мениң айтқан сөзиме.
Ашығыў-бийқарарың өзим болайын.
Бир сөзимнен кетсе егер қылаплық,
Гүз гүлиндей гүзди көрмей солайын.
ГҮЛҚЫЗ:
Не десемде барып атырсаң
барымға,
Бир илҳәм әйлетип кеўил
тарыма,
Бул турыста исиң оңынан
басып,
Айланып қалмасаң ашық
ярыма.
Гүз гүлиндей солмай-ақ ғой,
жүр оннан,
Айланайық байрам алды
ёлканы,
Жақсы нийет, саўғасынан
алайық,
Арқалаған Аяз ата
дорбаны.
МУҢЛЫ ШАЙЫР:
Көзи емес сүйип қалған жүректен,
Шын ашықлар барар барлық барымға.
Коллекция жасап жүрген тоқалдан,
Ашық емес мәс болады ярымға (0,5).
Көктен күсегеним жерден табылып,
Ашық ярың болсам Тайыр, Ғәриптей.
Изимизге ерип шайырлар әҳли,
Жүреди ғо ышқымызды тәриплей.
ГҮЛҚЫЗ:
Кеўилим толғандай
зер сөзлериңе,
Десең егленбейин
,,ер излериме",
Басқан қәдемиме паяндоз
гүллер,
Жол таба алдыңыз
қыздың кеўлине.
Сайраса бүлбүллер шақада
қонып,
Ашықлық дәстаны жырларға
толып,
Мине, создым қолды Зухраң
болып,
Көз моншақ тағып қой
ақ билегиме.
МУҢЛЫ ШАЙЫР:
Кемпирим деп ўәде берген күн-түни,
Не керек ондайдың олла-билласы.
Көзмоншақты қыстырып ал жағаңа,
Жараспай ма билезиктиң тилласы.
Бағқа кирсек йош келеди бүлбилге,
Пырағымыз айланады дүлдилге.
Ышқ сарайдың тажы-тахты сеники,
Ўәдепазлар жүрсин қонып ҳәр гүлге.
ГҮЛҚЫЗ:
Қайтар ушқан қуслар ерте
бәҳәрде,
Айтып ышқ намасын таңда,
сәҳәрде,
Ўәде берк болып мендеги,
сенде,
Кеўил шыннан сүйсе
ҳасла айнымас.
Нурын төгип меҳир менен
қуяшы,
Бүркетилген, көлегейлеп
саясы,
Алмалы бағ муҳаббеттиң
гуўасы,
Кеўил шыннан сүйсе
ҳасла айнымас.
Айтыс ушын миннетдарман!