Абдикадир Каипов


Kanal geosi va tili: Belarus, Qozoqcha
Toifa: Kitoblar


Бул каналда сиз шайыр Әбдиқадир Қайыповтың өмири хәм дөретиушилиги менен таныссаңыз болады ✅
Бизден узақласпаң !!!
Каналымыз: 👉 t.me/Abdiqadir_Qaypov

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
Belarus, Qozoqcha
Statistika
Postlar filtri


ТӨРТЛИК

Бүгин қайра басып жүрип сен жерди,
Жетпедиме ўақ болмышты ойланар.
Ўақты келип сол жер алып қушаққа,
Ҳәм төсегиң, ҳәм көрпеңе айланар.

МУҢЛЫ ШАЙЫР


ТӨРТЛИК

Өзи ушын жасап жанбай пысқыса,
"Бала-шағам" деген от боп жанады.
Елим дейип еңиреген ерлерден,
Халық қәлбине әжайып нур тарады.

МУҢЛЫ ШАЙЫР


ТӨРТЛИК

Көз-көз етип кемшилигин басқаның,
Сын айтсаң да адамларға жақпапсаң.
Адамлар да тапқан сеннен кемисти,
Мен қандайман деп өзиңе бақпапсаң.

МУҢЛЫ ШАЙЫР


Бахадыр Байназаров...(Өжет қосықлары) dan repost
Өзимди үлкен шайырман деп айталмайман, бирақ, әдебиятқа, соның ишинде поэзия әлемине кирип келиўиме түртки болған, керек болса себепши болған устазым Әбдиқәдир Қайыпов.

Ең басында социал тармақларда (соның ишинде телеграм тармағы) айтысып (жазба айтыс) жүрдим. Соның арасында бир еки куплет қосық та жазып жүрдим. Қосықларымды көпшилик адамлар жақсы қабыллап, жақсы пикирлер менен қоллап қуўатлады. Әбдиқәдир аға да жекеме өтип қосық жазыўдың жоллары ҳәм қағыйдалары туўралы түсиник берип туратуғын еди. Мен ол гезде бул кисиниң ким екенин билмейтуғын да едим. Жасы үлкен, шайыршылықтан хабары бар адам ямаса педагог шығар деп ойлайтуғын едим. Өзи МУҢЛЫ ШАЙЫР дегенниң қосықларын топарларға таслап жүрди. Сол "Муңлы шайыр" деген Әбдиқәдир ағаның өзи екени жети уйқылап түсиме кирип пе сирә?!
Деген менен қосық жазыўшылар сол дәрежеде көп еди, мен өзимди артықша көрдим ҳәм жазыўдан тоқтадым. (Расы уялдым...)
Арадан көп ўақытлар өткеннен кейин жекеме (личка) Әбдиқәдир аға "Өжет балам қалайсаң? Ҳаў сени жойтып алдымғо, бәри жақсы ма, неге қосық жазбай кеттиң? Күтип жүрмизғо қосықларыңды" деп жазды.
Мен себебин айтқаннан кейин ол, " мен Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының поэзия бөлими баслығыман, сени социал тармақлар да мақтамаған болсам да қосықты жақсы жазатуғыныңды мойынлайман. Сениң өзгеше жолың бар. Сен тоқтама, арамызға қайт, сеннен үмитим көп, халық сүйетуғын шайыр болыўға имканиятларың жетерли. Қудай берген талантың бар." деди.
Усындай мақтаўдан кейин әсиресе кимсең жазыўшылар аўқамында поэзия бөлими баслығы болып ислейтуғын адам исеним билдирип турғаннан кейин адам өзгеше руўыҳланады екен. Сол күш пенен қосық жазыўға және киристим. Әбдиқәдир ағаның өзи менен де бир-еки мәрте үлкен айтыс қурғанбыз. Әбдиқәдир Қайыпов арқалы бир нешше зыялы адамлардың нәзерине түстим. Солардан Бахтыяр Генжемуратов, Қуўанышбай Оразымбетов, Гульнара Нурлепесова, Гүлистан Дәўлетова, Жуманияз Өтениязов, Патима Мырзабаева ҳ.т.б.

Әбдиқәдир Қайыпов, барлығы ушын сизден миннетдарман!

Жаман шәкиртиң Баҳадыр Байназаров


@baxadir_baynazarov


Бахадыр Байназаров...(Өжет қосықлары) dan repost
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы,
Орайлық Азия Жазыўшылары ҳәм тарийхшылары аўқамының "Туран бирлиги - Мықлы қәлемгер" медалының ийеси.
Самбо гүреси бойынша Өзбекстан  чемпионы. Өзбекстан спорт фахрийи.
Қайыпов Әбдиқадир Жақсыбаевич

https://t.me/baxadir_baynazarov


ТӨРТЛИК

Бүгинги сәтсизлик, шеккен уўайым,
Шешпейди мәселе, алар мазаңды.
Шығармасаң жуўмақ бүгинги күннен,
Ертең де жамалып, берер жазаңды.

МУҢЛЫ ШАЙЫР


ҚӨРПЕГЕ ҚАРАП АЯҚ СОЗЫҢ

Мен бир нәрсеге ҳайран қаламан. Адамлар соңғы ўақытлары аўдармаға жеңил қарап жүр.
Ким болса сол қырғыз тилинен аўдармашыға айланып кетти. Ал мениң қырғыз тилине тисим батпайды. Бирақ ҳәммениң лайк басып хошаметин берип отырған бир инсанының өзбек тилинен аўдармасына нәзерим түсип қалды. Енди масқарашылық, Аўқам баслығының тапсырмасы менен өзбек тилиниң аўдармасы менен шуғылланып көрдим. Аўдарманың шығарма дөреткеннен де қыйын екенин сонда сезиндим.
Еле өзлери дурыслы қосық дөрете алмай жүрип поэзиялық шығармалардың аўдармасы менен шуғылланғанларға ҳайранман.
Биз өзимизди өзимиз алдағанды қояйық. Қолымыздан келетуғын ис пенен шуғылланайық. Түсинген адамлар ушын "КӨРПЕГЕ ҚАРАП АЯҚ СОЗЫҢ" дегим келди.

МУҢЛЫ ШАЙЫР


МЕН ДЕ ӘСКЕР БОЛАМАН
(Әскерий шақырыққа таярлық бойынша директор орынбасарларының өтиниши бойынша жазылды)

Қуўанаман Ўатанымның барына,
Қарамастан жаўын, сели, қарына,
Қорып ҳәмде мудам шаўып арына,
Үлкейгенде мен де әскер боламан.

Сүйип мудам Ўатанымның жамалын,
Желпип ескен гүз ҳәм бәҳәр самалын,
Бузыўға душпанның еткен қамалын,
Үлкейгенде мен де әскер боламан.

Ийелеген Ўатан бәрин санамның,
Ақлап исенимин әкем -панамның,
Бийғам, тыныш уйқлаў ушын анамның,
Үлкейгенде мен де әскер боламан.

Сатқын ислерине кеўил өксинди,
Ўатангедаларға жүрек түксинди,
Қалқан етип Ўатан ушын көксимди,
Үлкейгенде мен де әскер боламан.

Отырсын деп атам үйдиң төринде,
Шадлы күлки жаңлап турсын өринде,
Қорып Ўатанымның қарыс жерин де,
Үлкейгенде мен де әскер боламан.

Бир перзентиң болып қәлбтен йошқанда,
Жүректен Ўатанға сезим тасқанда,
Байрағым желбиреп турар аспанда,
Үлкейгенде мен де әскер боламан.

Спортшы мойнына медаллар тағып,
Гиминим жаңласа жаныма жағып,
Ел паспанының арқасын қағып,
Үлкейгенде мен де әскер боламан.

Белсенди жаслар бар оңлы-солымда,
Елдиң келешеги жаслар қолында,
Тер төгип халқымның даңқлы жолында,
Үлкейгенде мен де әскер боламан.

Әбдиқадир Қайыпов,
Өзбекстан спорт фахрийси.


КАРАКАЛПАКСТАНДА ӨТКӨН КОНКУРСТУН ЖЫЙЫНТЫГЫ!!!

"Алака" Эл аралык коомдук фондунун Каракалпакстандагы бөлүмү, "Алака" Эл аралык коомдук фондунун атынан Каракалпакстандыктар боюнча Эл достугун жана адабий байланышты бекемдөө үчүн Каракалпак калкының классик акыны, сөз чебери Әжинияз Қосыбай уулунун 200 жылдыгынын урматына "ӘЖИНИЯЗ ЖОЛЫНАН" аталыштагы поэзия жана проза жанрындағы адабий конкурсу боюнча калыстар тобу жыйынтыгы.

ПОЭЗИЯ БОЮНЧА
ГРАН ПРИ:
ГҮЛНАРА НУРЛЕПЕСОВА
1-ОРУН:
ЕРКИНБАЙ НАМЕТОВ
2-ОРЫН:
АҚШОЛПАН АМАНИЯЗ
ӘБДИҚАДИР ҚАЙЫПОВ
3-ОРЫН:
ДЕМЕГЕН ОРАЗОВ
ЗИЙНЕЛБАЙ ЮСУПБАЕВ

ПРОЗА БОЮНЧА
ГРАН ПРИ:
ТЛЕПОВА ГУЛЖАМАЛ
1-ОРЫН:
АЙХАН ҚАЙЫПНАЗАРОВА
2-ОРЫН:
ГҮЛБӘҲӘР ҚАРАБАЕВА
ТАЗАХАН ҚЫДЫРНИЯЗОВА
3-ОРУН
НАРГИЗ НАУРЫЗБАЕВА
ТУРДЫНИЯЗОВА БИЙБИНАЗ

ЫРААЗЫЛЫК КАТ:
1. Рано Сагидуллаева
2. Жасурбек Камалатдинов
3. Ермекбай Акимбаев
4. Мафтуна Қалбаева
5. Байрам Қалмуратов
6. Гулмарей Султанова
7. Уримхан Тажимуратова
8. Жансая Бийбимәрьям Утамбетова
9. Шоира Давлетова
10. Қазақбай Пирманов
11. Қырықбай Бекбанов
12. Динара Жолдасова
13. Перийхан Қазақбаева
14. Жаңабай Баймуратов
15. Шынаргүл Пахратдинова
16. Миригул Есемуратова
17. Айзада Абдиганиева
18. Сапура Дошмуратова
19. Мийримгүл Хожаметова
20. Айсанем Жолдасбаева
21. Мадина Бекбаулиева
22. Зульфия Турымбаева
23. Перихан Аймуратова
24. Зыяда Мамбетова
25. Гулдасте Қурбанбаева
26. Сапура Казакбаева
27. Сабрина Адилбаева
28. Саятхан Абдуллаева
29. Сапура Сапарова
30. Алтынбек Тилеубергенов
31. Абдирахман Қойлыбаев
32. Лалахан Алланазарова
33. Айжамал Оразбаева
34. Улзада Базарбаева
35. Жәнибек Жетписбаев
36. Алпысбай Ибадуллаев
37. Азада Тенгелбаева
38. Жаңыл Назарханова
39. Рамиза Жолдасбаева
40. Илья Қалбаева
41. Зийнегул Қаллибекова
42. Бийбиназ Турдыниязова
43. Иноват Оралбаева
44. Гулсанем Шотыбаева
45. Қалбике Қалжанова
46. Хамиджан Убайдуллаев
Бул конкурсту уюштурган "Алака" Эл аралык фондунун Каракалпакстан боюнча координатору Сансызбай Канназаровго, жардамчысы координатору Толкун Ошановага фонддун атынан ыраазылык, алкыш билдиребиз.
Биздин Эл аралык адабий жана достук байланыштагы желегибиз желбирей беришине тилектешмин. Биздин биримдик, достук - ынтымактыкта! Алга Алака.

"Алака" Эл аралык коомдук фондунун директору Кундузбү Маматова.

@dosliq_kopiri


ДОСЛЫҚ КӨПИРИ dan repost
ӘБДИҚАДИР ҚАЙЫПОВ




Қарақалпақстан халық шайыры Ҳ.Даулетназаров мениң атымды уллы адамлардың қатарында атап өткен


Хамиджан dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish


Уллы Зибан

Әўладлар әўел-ҳә сыйынып Ҳаққа,
Сениң ҳүзириңде жүгинискен саққа,
Дүньяда ɵзиңдей болған ба патша,
Халық кеўли аталмыш ең уллы тахтта.

Мәрттиң ɵңири кɵз жасқа жуўылмас,
Ҳақлық ɵскен топырағынан қуўылмас,
Халқымды бар еткен Уллы Зибаным,
Анасыз буныңдай перзент туўылмас.

Ɵмир жолың қалың думан, даўыллы,
Уран салсаң ерлер “Мен!” деп таўылды,
Баўырладың ɵз тилиң, ɵз диниңе,
Қарақалпақта ҳәр елат, ҳәр аўылды.

Уллы жыйынларға кирдиң, кирмедиң,
Мәгәр, дәўран атын сүрдиң, сүрмедиң,
Халық қәлбине сɵз нағысын тоқыған,
Ҳақ инамы иләҳийда нурмедиң?

Ким липас кийдирсе ала-шубарлы,
Сол себепли гейде кеўлиң ғубарлы.
Қәстерлеп сақларсаң исмин халқымның,
Даналар дем салған алтын тумарлы.

Биз кɵрмедик буннан асқан сулыўды,
Ҳәм кенде қылмадық қуллық қылыўды,
Жанымыз ҳеш қашан сезинбес бәлким,
Оның кеўлиндеги киби жылыўды.

Тилге бийпәрўалар елин ойламас,
Нәкаслар халқының тойын тойламас,
Бул муқаддес дәрья тепти ме қайыр,
Соңыра ҳәсиретине таяў бойламас.

Сөздиң несийбесин урлап жегенлер,
Намыс тыйықларын азмаз егенлер,
Ҳәр журттың атызын басқылап, отлап,
Өзи жарлы, сени жарлы дегенлер.

Тәғдир өмириңди кɵп жарып-бузды,
Не-не дәўирлерден тарттырды дузды,
Тарқаўға тақалған ығбал базарың,
Халқым саўдасында қайтадан қызды.

Генжебай айланды кɵш басы нарға,
Есемурат усы жағыста дарға,
Ол халықтың зүрияды емес оллаҳий,
Егер де кимде-ким тартпаса арға.

Бул тил – ел-журт кɵксин шәмен бағлы етти,
Гәде дағлы, гәде ўағлы-шағлы етти.
Бәлент минберлерге шықты жетелеп,
Орынбай баллары Жумек, Нағметти.

Баслаўшысы боп соныңдай зор истиң,
Мыңлап жыллар менен дийдар кɵристиң,
Қарақалпақша сөйлер руўхый тили,
Баскаков, толстов еки орыстың.

Айтжан, Кɵшербай ат салысты бирге,
Досжан, Абат бунда тикледи ирге,
Орақбай сɵз терип, Баймурат булқып,
Шайырлық йош берди Әбдиқәдирге.

Сөзден нан жегенниң болсын ҳадалы,
Гәпке турған елдиң қалмас наданы,
Төлепберген, Ибрайым –қос тулғаны,
Әсиримиздиң етти уллы адамы.

Ҳүсниддин кɵз ашып сени таныды,
Мәденбай жигерин тилге жаныды,
Мамыт, ерназардың сөзин көгертти,
Кокиреклердиң сезимлерге қанығы.

Аббаздың тилинде сөзлер сайланды,
Айжарық киндиги менен байланды,
Ҳәр бири қас сулыў киби доланып,
Ашығыў-бийқаар етти Айманды.

Тилеўберген қосығында төкпелеп,
Менменликти отырғызған шɵккелеп,
Бөлисерде туўрадың ɵз пайыңды,
Орнымыз жоқ сирә саған ɵкпелеп.

Ҳәр бир перзент тилин туў етиў дәркар,
Ол сүрниксе халық тынығы ылайтар.
Қарақалпақша сɵйлемесең саўдырап,
Кеўилдиң қумары қаяқтан тарқар.

Егер, сен жойтылсаң... онда халқың жоқ,
Халықсыз қалсаң манқуртлардан парқың жоқ,
Онда бул топырақ қалғаны тилден.
Онда мениң буннан аўыр дәртим жоқ.

Ул туўмас ҳаял жоқ турарын айтың,
Дүнья таппас ер жоқ, қурарын айтың,
Тилди кɵркейткенлер гүлдей кɵгерип,
Қаст еткенди Қудай урарын айтың.

Зибаныңнан исмиң түсирмей толға,
Урпақларыңа көз сүздирме жолға,
Елден тил, тилиңнен ел үзилмегей,
Яратқан, халқымды қоллайгɵр, қолла!

Халила Даулетназаров,
Қарақалпақстан халық шайыры


Палўанлардың гезектеги бас қоспасы 30.11.2024 күни Қанлыкөлши Мақсет палўан Аллановтың шаңарағында болды.
Шептен оңға қарай Әбдиқадир Қайыпов, Жаңабай Баймуратов, Мақсет Қутлымуратов, Базарбай Алланов, Мақсет Алланов, Жалғас Тажимуратов, Жийнбай Матжанов.


Рзамбетов Махмут dan repost
👍👍👍 Бари дурыс.. Акем Айгалий маган 3 класстан баслап ертек китапларды акелип беретугын еди.4 5 класста калын , казакша ертек китапларды окыганман , еле ядымда .Бизлер балаларымызга китап акелип бергеним ядымда жок.Демек ен баслы айыпкер озлеримиз екен , балаларымыздын китап окымауында...Енди аклыкларыма китап акелип беремен...деп махсет койдым .Жаксы корсетиу болыпты .Сен айкандай...аклыкларым китап окымасада меннен акыллы , телефонды меннен жаксы биледи...


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
USHINSHI RENESSANS_ 26-11-2024


Abdiqadir Qayipov dan repost
ПОЭЗИЯ.doc
23.5Kb


Бангладеш мәмлекетиниң "PENCRAFT" журналында мениң қосығым жәрияланыпты.



20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.