Бахадыр Байназаров...(Өжет қосықлары) dan repost
Өзимди үлкен шайырман деп айталмайман, бирақ, әдебиятқа, соның ишинде поэзия әлемине кирип келиўиме түртки болған, керек болса себепши болған устазым Әбдиқәдир Қайыпов.
Ең басында социал тармақларда (соның ишинде телеграм тармағы) айтысып (жазба айтыс) жүрдим. Соның арасында бир еки куплет қосық та жазып жүрдим. Қосықларымды көпшилик адамлар жақсы қабыллап, жақсы пикирлер менен қоллап қуўатлады. Әбдиқәдир аға да жекеме өтип қосық жазыўдың жоллары ҳәм қағыйдалары туўралы түсиник берип туратуғын еди. Мен ол гезде бул кисиниң ким екенин билмейтуғын да едим. Жасы үлкен, шайыршылықтан хабары бар адам ямаса педагог шығар деп ойлайтуғын едим. Өзи МУҢЛЫ ШАЙЫР дегенниң қосықларын топарларға таслап жүрди. Сол "Муңлы шайыр" деген Әбдиқәдир ағаның өзи екени жети уйқылап түсиме кирип пе сирә?!
Деген менен қосық жазыўшылар сол дәрежеде көп еди, мен өзимди артықша көрдим ҳәм жазыўдан тоқтадым. (Расы уялдым...)
Арадан көп ўақытлар өткеннен кейин жекеме (личка) Әбдиқәдир аға "Өжет балам қалайсаң? Ҳаў сени жойтып алдымғо, бәри жақсы ма, неге қосық жазбай кеттиң? Күтип жүрмизғо қосықларыңды" деп жазды.
Мен себебин айтқаннан кейин ол, " мен Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының поэзия бөлими баслығыман, сени социал тармақлар да мақтамаған болсам да қосықты жақсы жазатуғыныңды мойынлайман. Сениң өзгеше жолың бар. Сен тоқтама, арамызға қайт, сеннен үмитим көп, халық сүйетуғын шайыр болыўға имканиятларың жетерли. Қудай берген талантың бар." деди.
Усындай мақтаўдан кейин әсиресе кимсең жазыўшылар аўқамында поэзия бөлими баслығы болып ислейтуғын адам исеним билдирип турғаннан кейин адам өзгеше руўыҳланады екен. Сол күш пенен қосық жазыўға және киристим. Әбдиқәдир ағаның өзи менен де бир-еки мәрте үлкен айтыс қурғанбыз. Әбдиқәдир Қайыпов арқалы бир нешше зыялы адамлардың нәзерине түстим. Солардан Бахтыяр Генжемуратов, Қуўанышбай Оразымбетов, Гульнара Нурлепесова, Гүлистан Дәўлетова, Жуманияз Өтениязов, Патима Мырзабаева ҳ.т.б.
Әбдиқәдир Қайыпов, барлығы ушын сизден миннетдарман!
Жаман шәкиртиң Баҳадыр Байназаров
@baxadir_baynazarov