Репост из: AVANGARD - BASPA
Өмир бул бурқып ағар дәрья. Бул дәрьядан тек сабырлы, жүзиуден мол тәжирийбеси барлар ғана өз мәнзилине жетип барады. Биреулер бул дәрьяға түсер- түспестен суудың муздайлығына төтепки берместен изине қайтса, биразлары жарым жолда тамыры тартысып сууға ғарқ болады. Бул менен не демекшимен. Бизлер де басқалар қатары өз тәжирийбемизге сүйенген халда усы дәрьядан жүзип бармақтамыз. Бүгин мине жаңа жыл қарсағында мен менен бирге ийин тиресип, китап шығарыудай сауаплы истиң басында турған пидайы хызметшилеримизге жаңа жыл сауғаларын тапсырдық. Мен қыйналғанда қыйналып, жақсы жаман күнлеримде қасымда дәлде болып киятырған оларға миннетдаршылық билдиремен. Жаңа жыл бәршеге қутлы, берекетли жыл болып келсин!
И.Сержанов
И.Сержанов