Абдикадир Каипов


Гео и язык канала: Беларусь, Казахский
Категория: Книги


Бул каналда сиз шайыр Әбдиқадир Қайыповтың өмири хәм дөретиушилиги менен таныссаңыз болады ✅
Бизден узақласпаң !!!
Каналымыз: 👉 t.me/Abdiqadir_Qaypov

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Беларусь, Казахский
Категория
Книги
Статистика
Фильтр публикаций


Бангладеш мәмлекетиниң "PENCRAFT" журналында мениң қосығым жәрияланыпты.






Әжинияз шайырдың 200 жыллығы әпсанаўий ҚАРАҮЙДЕ өтпекте


ТӨРТЛИК

Илҳам-йошым берип турса сәлемди,
Қолға алсам үшкирленген қәлемди.
Попыратып жаза бермей қурғақ сөз,
Жайғастырсам төрт қатарға әлемди.

МУҢЛЫ ШАЙЫР


Репост из: Nawriz Kaipov


Жиу-житсу бойынша Грецияда өткерилген Жәҳән чемпионатында ересеклер арасында Қарақалпақстанлы спортшылардан Тимур Базарбаев пенен Айбек Прекеев алтын медалларды жеңип алса, Амир Қадамов пенен Хумаюн Хашимов гүмис медалларды қолға кириткени ҳаққында хабар берген едик. Жас өспиримлер арасындағы беллесиўлер де өз жуўмағына жетти.
Гүлбәҳәр Бердибаева гүмис медальды жеңип алса, Қундыз Бектурсынова, Минаж Кенжебаев ҳәм Аббаз Муратбаевлар қола медаллар ийесине айлынды.
Спортшыларымыз Грециядан 2 алтын, 3 гүмис, 3 қола медаль менен елимизге оралды.
Бирақ Республика басшылары пияда жүрген дийўаналарды салтанатлы түрде күтип алса да, Жәҳән чемпионы болып келген спортшыларға итибар да бермеди.


ТӨРТЛИК

Әпиўайы айтыскердиң биримен,
Айталмайман мен тулғаман, иримен.
Кеткенимде жоқлаў айтпа, өтиниш,
Көриң оқып, қосықларда тиримен.

МУҢЛЫ ШАЙЫР


Репост из: Abdiqadir Qayipov
Ҳәр байрамда бириншилерден болып қутлықлаў СМСин жоллайтуғын жорам, медицина илимлериниң докторы Ещанов Аман Турсынбаевич бүгин таңның алдыңда түсиме енди.
Ол короновирус пандемиясының биринши қурбанларының қатарында бул дүнья тәшўишин тәрк етип еди. Жорамның жатқан жери жайлы, топырағы торқа болсын.

-"- АРХИВТЕН -"-

ТАҢЫН

(Пандемия қурбанларының естелигине)

Кешеги самалдан айнаға қатқан,
Қарадым далаға тазалап шаңын.
Миллионға шамалас бийгүна қурбан,
Көрмедаў бул гүздиң биринши таңын.

Әй тажлы жалмаўыз, дәстиңнен сениң,
Жоқ кеўил хошлығым, ушып тур аңым.
Достыма ҳәр байрам излеген мени,
Көрсетпедиң гүздиң биринши таңын.

Урыстан қәўипли, әй тажлы апат,
Тоқтат сен алғанды инсанның жанын.
Ҳәр күни мың-мыңлап бийгүна жанлар,
Көре алмай атыр ертеңги таңын.

Кешеги самалдан айнаға қатқан,
Қарадым далаға тазалап шаңын.
Миллионға шамалас бийгүна қурбан,
Көрмедаў бул гүздиң биринши таңын.

Әбдиқадир ҚАЙЫПОВ

1.09.2020


Репост из: Хамиджан
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram


Репост из: Abdiqadir Qayipov
~"~ Сыясы кеппеген қосық ~"~

ҚОЙМА МАҒАН ТАЛАПТЫ

Ышқ бағына кирип едик буйырып,
Сезимимди май қазанда қуўырып,
Алып кетип жүрегимди суўырып,
Сен умыт деп қойма маған талапты..

Пал ышқыны ендирипсең кермекке,
Айланыпты сап муҳаббат ермекке,
Бәнелериң келмей атыр гүрмекке,
Сен умыт деп қойма маған талапты.

Урланыпты ес-ақылым, ҳуўшым да,
Айтылыпты сезимлер тил ушында,
Орын қалмай жүрегиңниң мушында,
Сен умыт деп қойма маған талапты.

Қалып еди атың қәлбте мөрленип,
Муҳаббатым жүрегиңе жерленип,
Жулыныппыз ғаўашадай бирленип,
Сен умыт деп қойма маған талапты.

Еле талай салмадан суў ағады,
Бәлким саған сол жүрисиң жағады,
Тәғдир бизге ғәремет сый жабады,
Сен умыт деп қойма маған талапты.

Енди қайтып айланбайман изиме,
Сен де мениң көринбе ҳеш көзиме,
Умытыўым қыйын, исен сөзиме,
Сен умыт деп қойма маған талапты.

МУҢЛЫ ШАЙЫР


ТӨРТЛИК

Шырт уйқыда жатқанында дуйым журт,
Палатамның айналарын қамшылар.
Аўҳал сорап қәсте Муңлы шайырдан,
Түн жарпынан аўды гүзги тамшылар.

МУҢЛЫ ШАЙЫР


~"~ Сыясы кеппеген қосық ~"~

ЖАҚТЫ ӘЛЕМ ЖАМАЛЫ

Жүрек қысса, бул кең дүнья тарылар,
Ақылың да, сана-ойың жарылар.
Қыялыңнан әрманларың арылып,
Шайтанлардың ойынына қарылар.

Қонбай емим жалғастырып күн-түнди,
Ерин тислеп, тыслатпадым мен үнди.
Жүрек шаншып, демим қысып сарсылған,
Душпаныма тилемеймен бул күнди.

Тамған тамшы мәлҳам берип жүрекке,
Азарларым серпилгендей болады.
Шыпакердиң жүзлеринен нур жаўып,
Жыллы сөзли шыпасы да қонады.

Қара күнлер өтти жүрек шаншыўлап,
Атқарып ем қақпай кирпик түнлерди.
Үмит артты жасаў жақты әлемде,
Көрсетпегей енди қара күнлерди.

Дым жағымлы ескен гүздиң самалы,
Серпилген соң наўқаслықтың қамалы.
Дениң саўда әтирапқа сер салсаң,
Көз қуўантар жақты әлем жамалы.

МУҢЛЫ ШАЙЫР


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Қайырлы таң, әзийзлер


Репост из: Abdiqadir Qayipov


Репост из: Abdiqadir Qayipov
Жиу-житсу бойынша Грецияда өткерилип атырған Жәҳән чемпионатында Қарақалпақстанлы спортшылардан Тимур Базарбаев пенен Айбек Прекеев алтын медалларды жеңип алса, Амир Қадамбаев пенен Хумаюн Хашимов гүмис медалларды қолға киритти. Чемпионат еле даўам етпекте. Басқа спортшыларымызға да әўмет тилеймиз.


Наўрызбай Қаиповтың басшылығындағы ЖИУ-ЖИТСУшылар Озбекстан сайланды командасы қурамында Грецияда болып атырған Жәҳән чемпионатында өз беллесиўлерине старт берди.
Спортшыларымызға әўмет тилеймиз.


Репост из: Abdiqadir Qayipov
ТӨРТЛИК

Көринбейди, гөлегейлеп көзлерин,
Жаслардан патлырақ санап өзлерин.
Еки ғарры ғаўқылдасып отырар,
Еске алып жаслықтағы гезлерин.

МУҢЛЫ ШАЙЫР


ТӨРТЛИК

Халық дәртин дәртим деп басларын иймес,
Қәлбирде еленген өз елин сүймес.
Елесең електе өтпес бири де,
Әтөшкир қолында, қолы да күймес.

МУҢЛЫ ШАЙЫР


~"~ Сыясы кеппеген қосық ~"~

АТАР ТАҢ

Түкке турмас өтмишимди азалап,
Шеп қабырға асты турар мазалап,
Не гүнам бар, мени бунша жазалап,
Қашықлайды неге меннен атар таң.

Аспа дәри тас төбемде тамшылап,
Түн созылар дүлдил пырақ қамшылап,
Шаншыўлайды атырғандай шымшылап,
Қашықлайды неге меннен атар таң.

Сергекленсем таўды-тасты геземен,
Шексиз қыял умманында жүземен,
Азарлансам бул ялғаннан беземен,
Қашықлайды неге меннен атар таң.

Өтмишиме нәзер салсам ойланып,
Дос дегеним душпаныма айналып,
Ләрзем алды сом жүрегим қыйланып,
Қашықлайды неге меннен атар таң.

Дән дегеним масағынан сытылды,
Кеўил ашсам, көп қабақлар шытылды,
Билмедим ким утты, кимлер утылды,
Қашықлайды неге меннен атар таң.

Киятырман соқа атты сабалап,
Сахрада кәрўаным қалды тубалап,
Қапталласып ийтлер де жүр шабалап,
Қашықлайды неге меннен атар таң.

Гедир-будыр жолда ушып аңларым,
Кирпик қақпай атып атыр таңларым,
Бир Алла қоллағай тири жанларын,
Қашықлайды неге меннен атар таң.

Сақлаған көпегим өзимди қапты,
Тырнақтың астынан кир излеп тапты,
Гүнасыз басыма ғәремет жапты,
Қашықлайды неге меннен атар таң.

Сезбеппен бес бармақ емесин теңдей,
Сын тағар адамлар ығысқан сеңдей,
Тек кеўли дәрьялар болалар мендей,
Қашықлайды неге меннен атар таң.

Уйқласа, бузбаңлар инсан шырышын,
Дем алып тарқатсын уйқы қурышын,
Уйқысыз өткерген түни қурысын,
Қашықлайды неге меннен атар таң.

Түкке турмас өтмишимди азалап,
Шеп қабырға асты турар мазалап,
Не гүнам бар, мени бунша жазалап,
Кем-кем узақлайды неге атар таң.

МУҢЛЫ ШАЙЫР 25.10.2024

Показано 20 последних публикаций.