Абдикадир Каипов


Гео и язык канала: Беларусь, Казахский
Категория: Книги


Бул каналда сиз шайыр Әбдиқадир Қайыповтың өмири хәм дөретиушилиги менен таныссаңыз болады ✅
Бизден узақласпаң !!!
Каналымыз: 👉 t.me/Abdiqadir_Qaypov

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Беларусь, Казахский
Категория
Книги
Статистика
Фильтр публикаций


Қәдирдан ҳаял-қызлар 8-март Халық аралық байрамыңыз қутлы мүбәрек болсын.

БИР ШАЙЫР МЕГЗЕТЕР АЙ МЕНЕН КҮНГЕ,
БИР ШАЙЫР МЕГЗЕТЕР АШЫЛҒАН ГҮЛГЕ,
ЫШҚЫҢДА ӨРТЕНИП АЙЛАНАР КҮЛГЕ,
БАХТЫ КҮЛГЕН ҚАРАҚАЛПАҚ ҚЫЗЛАРЫ.

МЕГЗЕТПЕЙМЕН ҚЫЗДЫ АЙ ҲӘМ КҮНИҢЕ,
МЕГЗЕТПЕЙМЕН ӘТИР ИЙИС ГҮЛИҢЕ,
ҲЕШ БИРИ ТЕҢ КЕЛМЕС ЖАЛҒЫЗ КҮЛКИҢЕ,
БАХТЫ КҮЛГЕН ҚАРАҚАЛПАҚ ҚЫЗЛАРЫ.

МУҢЛЫ ШАЙЫР


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Мына жарыста микрофонда сөйлеп турған мен аў.


ТӨРТЛИК

Дым исенип доспан десе,
Сынаўға да еринер.
Шақмақласаң ири дузды,
Қанттай болып көринер.

МУҢЛЫ ШАЙЫР


Репост из: Нызыматдин Уразымбетов
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram


Репост из: @Қосықлар_қанатында @qosiqlar_qanatinda
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы ӘБДИҚАДИР ҚАЙЫПОВ 62 жаста.

http://t.me/Abdiqadir_Qaypov
@qosiqlar_qanatinda
@qrdosliq_kopiri
@dosliq_kopiri


Репост из: Луна
Таң сәхәрден муңлы шерди төктиңиз,
Кимнен қапа болып ҳәсирет шектиңиз.
Күлип жүриў өз тәсирин жойтқанба?
Қарсыласты келгенде мат еткиңиз.

Бизлер ушын сиз үлкен бир нар шынар,
Нар шынардың шақасы болмас сынар.
Сизге күйе жаққысы кеп жүргенниң,
Қудайға да көп өкпеси бар шығар.

Мийўели дараққа таслар атады,
Ишлеринде ғәрез нийет жатады.
Бири күни паш болып уятқа қалар
Айға шекем шықсада  тап атағы.

Сабыр етиң, күлген күлип жүрмей ме.
Қолы жетпес пфф сассыққо демейме.
Жүзиңизден таралатын нурларды,
Шел басатын ана көзи көрмейме.
Ўақыт бөлмең дегенлер дей бермейме.

Деп демеўши қарындасызың Бийбиайым ( Луна)


Репост из: 1961
,, Қурқылдай - шеберме ,
Қудай - шеберме ?
Сени көп екен аў , алға демерге .
Достым гүнәң онда төгилер екен ,
Сеннен кемис тапқан болса егерде .

Өсекшиниң өнери көп адымда ,
Тили иште емес сыртқы жағында .
Сизге атар талай ғәремет тасын ,
Пайдаланып сен кеширген ўағыңда .

Көплер айтқан бул ҳәдийсти уқпайды ,
Күйип писип сыртыңнан да боқлайды .
Былғамақшы болар таза кийимди ,
Заўлап түсер шеге қумдай жуқпайды...

Жаңабай Баймуратов .


"Сиз ҳаққыңыздағы айтылған ғәреметлер керисинше сизиң дәрежеңизди арттыра береди.
Өйткени, сиз енди еслеўге арзыйтуғын адамға, итибарлы бир шахсқа айландыңыз"

"Ибратлы сөзлер" каналындағы мына фразаны оқып, мен әдеўир тетиклестим. Мен халыққа қанша жақсылық етиўиме қарамастан, мениң үстимнен ғәреметлер жабыла берди. Ҳәттеки гигант ақсақаллар мени "Неге шайырларды көбейтип атырсаң" деп кейисе, өзимниң айырым шәкиртлерим ғәремет тасларын боратып, мени сағал аяққа шығарыўға умтылды.
Енди түсинип жеттим, олар мениң мәртебемди көтериў ушын маған ғәремет тасларын атып жүрген екен аў.
Алла мениң кеўлиме бәрин кешир деген уғымды уялатты.

БӘРИҢИЗДИ КЕШИРДИМ.


Репост из: Inomjon Aminov
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Танцор диско ақлықларым Патийма менен Мунира


Репост из: Sport bo'yicha malaka oshirish NUKUS FILIAL
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
JISMONIY TARBIYA BO’YICHA MALAKA OSHIRILMOQDA
24.02.2025 ✅

📲@XorazmTELEKANAL✔️

📲DASTURNING HD versiyasi👇

🎥 YouTube

📺 OnlineTV
📻 Online Radio


Репост из: Abdiqadir Qayipov


Репост из: Abdiqadir Qayipov




Репост из: Abdiqadir Qayipov


Репост из: Abdiqadir Qayipov


Репост из: Abdiqadir Qayipov


Крамова Тиллаханның 60 жасқа толыў мүнәсибети менен класслары үйде мийманда болды.


Репост из: Baxıtlı SARÍBAEV
Устазымыз, белгили шайыр Әбдиқадир Қайыповтың бизди көтермелеп "Бүгинги дәўиримиздиң Толыбай Қабуловы" деп атағанынан шексиз қуўанышқа бөлендик. Илайым, устазымыздың руўхы қоллап, үлгили жолын бергей!


Репост из: Abdiqadir Qayipov
ҲӘЙЙИЎДИ

Сезингеннен зер-дүр сөздиң сылаўын,
Жылап атқан қойып алар жылаўын,
Тоқтатады көзинен жас булаўын
Тыңлағанда ана айтқан ҳәййиўди.

Жағымлы сес ләззет берер жанына,
Зор пазыйлет сиңип барар қанына,
Қәлиплесип меҳрийбанлық аңына,
Тыңлағанда ана айтқан ҳәййиўди.

Баласына саўлық, бахыт сораған,
Ҳаўазынан бир қудирет тараған,
Нәрестени сезим менен ораған,
Тыңлағанда ана айтқан ҳәййиўди.

Ықлас қойып айтылған соң балаға,
Сиңип барар сөз сыйқыры санаға,
Арта берер муҳаббаты анаға,
Тыңлағанда ана айтқан ҳәййиўди.

МУҢЛЫ ШАЙЫР

Показано 20 последних публикаций.