Уллы Зибан
Әўладлар әўел-ҳә сыйынып Ҳаққа,
Сениң ҳүзириңде жүгинискен саққа,
Дүньяда ɵзиңдей болған ба патша,
Халық кеўли аталмыш ең уллы тахтта.
Мәрттиң ɵңири кɵз жасқа жуўылмас,
Ҳақлық ɵскен топырағынан қуўылмас,
Халқымды бар еткен Уллы Зибаным,
Анасыз буныңдай перзент туўылмас.
Ɵмир жолың қалың думан, даўыллы,
Уран салсаң ерлер “Мен!” деп таўылды,
Баўырладың ɵз тилиң, ɵз диниңе,
Қарақалпақта ҳәр елат, ҳәр аўылды.
Уллы жыйынларға кирдиң, кирмедиң,
Мәгәр, дәўран атын сүрдиң, сүрмедиң,
Халық қәлбине сɵз нағысын тоқыған,
Ҳақ инамы иләҳийда нурмедиң?
Ким липас кийдирсе ала-шубарлы,
Сол себепли гейде кеўлиң ғубарлы.
Қәстерлеп сақларсаң исмин халқымның,
Даналар дем салған алтын тумарлы.
Биз кɵрмедик буннан асқан сулыўды,
Ҳәм кенде қылмадық қуллық қылыўды,
Жанымыз ҳеш қашан сезинбес бәлким,
Оның кеўлиндеги киби жылыўды.
Тилге бийпәрўалар елин ойламас,
Нәкаслар халқының тойын тойламас,
Бул муқаддес дәрья тепти ме қайыр,
Соңыра ҳәсиретине таяў бойламас.
Сөздиң несийбесин урлап жегенлер,
Намыс тыйықларын азмаз егенлер,
Ҳәр журттың атызын басқылап, отлап,
Өзи жарлы, сени жарлы дегенлер.
Тәғдир өмириңди кɵп жарып-бузды,
Не-не дәўирлерден тарттырды дузды,
Тарқаўға тақалған ығбал базарың,
Халқым саўдасында қайтадан қызды.
Генжебай айланды кɵш басы нарға,
Есемурат усы жағыста дарға,
Ол халықтың зүрияды емес оллаҳий,
Егер де кимде-ким тартпаса арға.
Бул тил – ел-журт кɵксин шәмен бағлы етти,
Гәде дағлы, гәде ўағлы-шағлы етти.
Бәлент минберлерге шықты жетелеп,
Орынбай баллары Жумек, Нағметти.
Баслаўшысы боп соныңдай зор истиң,
Мыңлап жыллар менен дийдар кɵристиң,
Қарақалпақша сөйлер руўхый тили,
Баскаков, толстов еки орыстың.
Айтжан, Кɵшербай ат салысты бирге,
Досжан, Абат бунда тикледи ирге,
Орақбай сɵз терип, Баймурат булқып,
Шайырлық йош берди Әбдиқәдирге.
Сөзден нан жегенниң болсын ҳадалы,
Гәпке турған елдиң қалмас наданы,
Төлепберген, Ибрайым –қос тулғаны,
Әсиримиздиң етти уллы адамы.
Ҳүсниддин кɵз ашып сени таныды,
Мәденбай жигерин тилге жаныды,
Мамыт, ерназардың сөзин көгертти,
Кокиреклердиң сезимлерге қанығы.
Аббаздың тилинде сөзлер сайланды,
Айжарық киндиги менен байланды,
Ҳәр бири қас сулыў киби доланып,
Ашығыў-бийқаар етти Айманды.
Тилеўберген қосығында төкпелеп,
Менменликти отырғызған шɵккелеп,
Бөлисерде туўрадың ɵз пайыңды,
Орнымыз жоқ сирә саған ɵкпелеп.
Ҳәр бир перзент тилин туў етиў дәркар,
Ол сүрниксе халық тынығы ылайтар.
Қарақалпақша сɵйлемесең саўдырап,
Кеўилдиң қумары қаяқтан тарқар.
Егер, сен жойтылсаң... онда халқың жоқ,
Халықсыз қалсаң манқуртлардан парқың жоқ,
Онда бул топырақ қалғаны тилден.
Онда мениң буннан аўыр дәртим жоқ.
Ул туўмас ҳаял жоқ турарын айтың,
Дүнья таппас ер жоқ, қурарын айтың,
Тилди кɵркейткенлер гүлдей кɵгерип,
Қаст еткенди Қудай урарын айтың.
Зибаныңнан исмиң түсирмей толға,
Урпақларыңа көз сүздирме жолға,
Елден тил, тилиңнен ел үзилмегей,
Яратқан, халқымды қоллайгɵр, қолла!
Халила Даулетназаров,
Қарақалпақстан халық шайыры
Әўладлар әўел-ҳә сыйынып Ҳаққа,
Сениң ҳүзириңде жүгинискен саққа,
Дүньяда ɵзиңдей болған ба патша,
Халық кеўли аталмыш ең уллы тахтта.
Мәрттиң ɵңири кɵз жасқа жуўылмас,
Ҳақлық ɵскен топырағынан қуўылмас,
Халқымды бар еткен Уллы Зибаным,
Анасыз буныңдай перзент туўылмас.
Ɵмир жолың қалың думан, даўыллы,
Уран салсаң ерлер “Мен!” деп таўылды,
Баўырладың ɵз тилиң, ɵз диниңе,
Қарақалпақта ҳәр елат, ҳәр аўылды.
Уллы жыйынларға кирдиң, кирмедиң,
Мәгәр, дәўран атын сүрдиң, сүрмедиң,
Халық қәлбине сɵз нағысын тоқыған,
Ҳақ инамы иләҳийда нурмедиң?
Ким липас кийдирсе ала-шубарлы,
Сол себепли гейде кеўлиң ғубарлы.
Қәстерлеп сақларсаң исмин халқымның,
Даналар дем салған алтын тумарлы.
Биз кɵрмедик буннан асқан сулыўды,
Ҳәм кенде қылмадық қуллық қылыўды,
Жанымыз ҳеш қашан сезинбес бәлким,
Оның кеўлиндеги киби жылыўды.
Тилге бийпәрўалар елин ойламас,
Нәкаслар халқының тойын тойламас,
Бул муқаддес дәрья тепти ме қайыр,
Соңыра ҳәсиретине таяў бойламас.
Сөздиң несийбесин урлап жегенлер,
Намыс тыйықларын азмаз егенлер,
Ҳәр журттың атызын басқылап, отлап,
Өзи жарлы, сени жарлы дегенлер.
Тәғдир өмириңди кɵп жарып-бузды,
Не-не дәўирлерден тарттырды дузды,
Тарқаўға тақалған ығбал базарың,
Халқым саўдасында қайтадан қызды.
Генжебай айланды кɵш басы нарға,
Есемурат усы жағыста дарға,
Ол халықтың зүрияды емес оллаҳий,
Егер де кимде-ким тартпаса арға.
Бул тил – ел-журт кɵксин шәмен бағлы етти,
Гәде дағлы, гәде ўағлы-шағлы етти.
Бәлент минберлерге шықты жетелеп,
Орынбай баллары Жумек, Нағметти.
Баслаўшысы боп соныңдай зор истиң,
Мыңлап жыллар менен дийдар кɵристиң,
Қарақалпақша сөйлер руўхый тили,
Баскаков, толстов еки орыстың.
Айтжан, Кɵшербай ат салысты бирге,
Досжан, Абат бунда тикледи ирге,
Орақбай сɵз терип, Баймурат булқып,
Шайырлық йош берди Әбдиқәдирге.
Сөзден нан жегенниң болсын ҳадалы,
Гәпке турған елдиң қалмас наданы,
Төлепберген, Ибрайым –қос тулғаны,
Әсиримиздиң етти уллы адамы.
Ҳүсниддин кɵз ашып сени таныды,
Мәденбай жигерин тилге жаныды,
Мамыт, ерназардың сөзин көгертти,
Кокиреклердиң сезимлерге қанығы.
Аббаздың тилинде сөзлер сайланды,
Айжарық киндиги менен байланды,
Ҳәр бири қас сулыў киби доланып,
Ашығыў-бийқаар етти Айманды.
Тилеўберген қосығында төкпелеп,
Менменликти отырғызған шɵккелеп,
Бөлисерде туўрадың ɵз пайыңды,
Орнымыз жоқ сирә саған ɵкпелеп.
Ҳәр бир перзент тилин туў етиў дәркар,
Ол сүрниксе халық тынығы ылайтар.
Қарақалпақша сɵйлемесең саўдырап,
Кеўилдиң қумары қаяқтан тарқар.
Егер, сен жойтылсаң... онда халқың жоқ,
Халықсыз қалсаң манқуртлардан парқың жоқ,
Онда бул топырақ қалғаны тилден.
Онда мениң буннан аўыр дәртим жоқ.
Ул туўмас ҳаял жоқ турарын айтың,
Дүнья таппас ер жоқ, қурарын айтың,
Тилди кɵркейткенлер гүлдей кɵгерип,
Қаст еткенди Қудай урарын айтың.
Зибаныңнан исмиң түсирмей толға,
Урпақларыңа көз сүздирме жолға,
Елден тил, тилиңнен ел үзилмегей,
Яратқан, халқымды қоллайгɵр, қолла!
Халила Даулетназаров,
Қарақалпақстан халық шайыры