Шайыр достым Әбдиқадир Қайыповқа
КИМЛЕР ДУЗ ИШПЕГЕН
СЕНИҢ ҮЙИҢНЕН
Салдамлы пейилиң, көкирегиң ашық,
Қанша дәўлет болсын минезиң басық,
Досқа да, душпанға да дастурхан жазық,
Кимлер дуз ишпеген сениң үйиңнен.
Спортсмен, шайыр, алым, ҳәмелдар ,
Қонақ болар ҳәр тараўдан адам бар,
Арман шығып бири мақтар-жаманлар,
Кимлер дуз ишпеген сениң үйиңнен.
Келсе мийман, жортып хызмет етесең,
Тиллахан бар, аянбастан күтесең,
Қосық жазсаң жүрегиңди сөтесең,
Кимлер дуз ишпеген сениң үйиңнен.
Жәрдемиң аянбас тайын бәршеге,
Аты шыққан палўан болдың ертеде .
Биреўден аларлық сенде жоқ тәме ,
Кимлер дуз ишпеген сениң үйиңнен .
Бәри чемпионлар ул ҳәм қызларың ,
Ақлар ана сүтин , ҳадал дузларын .
Жәҳәнде көрдим мен байрақ созғанын ,
Кимлер дуз ишпеген сениң үйиңнен .
Жан күйдирип әдебият жолында ,
Азияда мықлы қәлем қолыңда .
Илҳамың йош берер жүрек тарыңда ,
Кимлер дуз ишпеген сениң үйиңнен .
Устазың жолына гүллер төседиң ,
Шәкиртке миннетсиз хызмет өтедиң .
Достым сүрникпесин минген ешегиң ,
Кимлер дуз ишпеген сениң үйиңнен .
Жақсылар бар ,мудам сени қоллаған ,
Шайырлар бар , устазым деп таңлаған .
Нәкаслар бар өзин - өзи алдаған ,
Кимлер дуз ишпеген сениң үйиңнен .
Өмир өзи айтар , арқаңа қара ,
Қәдириң билердә бара - бара .
Бир төртлик арнадым ал енди жора ,
Кимлер дуз ишпеген сениң үйиңнен .
Жаңабай Баймуратов
Қарақалпақстан
КИМЛЕР ДУЗ ИШПЕГЕН
СЕНИҢ ҮЙИҢНЕН
Салдамлы пейилиң, көкирегиң ашық,
Қанша дәўлет болсын минезиң басық,
Досқа да, душпанға да дастурхан жазық,
Кимлер дуз ишпеген сениң үйиңнен.
Спортсмен, шайыр, алым, ҳәмелдар ,
Қонақ болар ҳәр тараўдан адам бар,
Арман шығып бири мақтар-жаманлар,
Кимлер дуз ишпеген сениң үйиңнен.
Келсе мийман, жортып хызмет етесең,
Тиллахан бар, аянбастан күтесең,
Қосық жазсаң жүрегиңди сөтесең,
Кимлер дуз ишпеген сениң үйиңнен.
Жәрдемиң аянбас тайын бәршеге,
Аты шыққан палўан болдың ертеде .
Биреўден аларлық сенде жоқ тәме ,
Кимлер дуз ишпеген сениң үйиңнен .
Бәри чемпионлар ул ҳәм қызларың ,
Ақлар ана сүтин , ҳадал дузларын .
Жәҳәнде көрдим мен байрақ созғанын ,
Кимлер дуз ишпеген сениң үйиңнен .
Жан күйдирип әдебият жолында ,
Азияда мықлы қәлем қолыңда .
Илҳамың йош берер жүрек тарыңда ,
Кимлер дуз ишпеген сениң үйиңнен .
Устазың жолына гүллер төседиң ,
Шәкиртке миннетсиз хызмет өтедиң .
Достым сүрникпесин минген ешегиң ,
Кимлер дуз ишпеген сениң үйиңнен .
Жақсылар бар ,мудам сени қоллаған ,
Шайырлар бар , устазым деп таңлаған .
Нәкаслар бар өзин - өзи алдаған ,
Кимлер дуз ишпеген сениң үйиңнен .
Өмир өзи айтар , арқаңа қара ,
Қәдириң билердә бара - бара .
Бир төртлик арнадым ал енди жора ,
Кимлер дуз ишпеген сениң үйиңнен .
Жаңабай Баймуратов
Қарақалпақстан