~"~ Сыясы кеппеген қосық ~"~
АТАР ТАҢ
Түкке турмас өтмишимди азалап,
Шеп қабырға асты турар мазалап,
Не гүнам бар, мени бунша жазалап,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Аспа дәри тас төбемде тамшылап,
Түн созылар дүлдил пырақ қамшылап,
Шаншыўлайды атырғандай шымшылап,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Сергекленсем таўды-тасты геземен,
Шексиз қыял умманында жүземен,
Азарлансам бул ялғаннан беземен,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Өтмишиме нәзер салсам ойланып,
Дос дегеним душпаныма айналып,
Ләрзем алды сом жүрегим қыйланып,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Дән дегеним масағынан сытылды,
Кеўил ашсам, көп қабақлар шытылды,
Билмедим ким утты, кимлер утылды,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Киятырман соқа атты сабалап,
Сахрада кәрўаным қалды тубалап,
Қапталласып ийтлер де жүр шабалап,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Гедир-будыр жолда ушып аңларым,
Кирпик қақпай атып атыр таңларым,
Бир Алла қоллағай тири жанларын,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Сақлаған көпегим өзимди қапты,
Тырнақтың астынан кир излеп тапты,
Гүнасыз басыма ғәремет жапты,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Сезбеппен бес бармақ емесин теңдей,
Сын тағар адамлар ығысқан сеңдей,
Тек кеўли дәрьялар болалар мендей,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Уйқласа, бузбаңлар инсан шырышын,
Дем алып тарқатсын уйқы қурышын,
Уйқысыз өткерген түни қурысын,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Түкке турмас өтмишимди азалап,
Шеп қабырға асты турар мазалап,
Не гүнам бар, мени бунша жазалап,
Кем-кем узақлайды неге атар таң.
МУҢЛЫ ШАЙЫР 25.10.2024
АТАР ТАҢ
Түкке турмас өтмишимди азалап,
Шеп қабырға асты турар мазалап,
Не гүнам бар, мени бунша жазалап,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Аспа дәри тас төбемде тамшылап,
Түн созылар дүлдил пырақ қамшылап,
Шаншыўлайды атырғандай шымшылап,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Сергекленсем таўды-тасты геземен,
Шексиз қыял умманында жүземен,
Азарлансам бул ялғаннан беземен,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Өтмишиме нәзер салсам ойланып,
Дос дегеним душпаныма айналып,
Ләрзем алды сом жүрегим қыйланып,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Дән дегеним масағынан сытылды,
Кеўил ашсам, көп қабақлар шытылды,
Билмедим ким утты, кимлер утылды,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Киятырман соқа атты сабалап,
Сахрада кәрўаным қалды тубалап,
Қапталласып ийтлер де жүр шабалап,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Гедир-будыр жолда ушып аңларым,
Кирпик қақпай атып атыр таңларым,
Бир Алла қоллағай тири жанларын,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Сақлаған көпегим өзимди қапты,
Тырнақтың астынан кир излеп тапты,
Гүнасыз басыма ғәремет жапты,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Сезбеппен бес бармақ емесин теңдей,
Сын тағар адамлар ығысқан сеңдей,
Тек кеўли дәрьялар болалар мендей,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Уйқласа, бузбаңлар инсан шырышын,
Дем алып тарқатсын уйқы қурышын,
Уйқысыз өткерген түни қурысын,
Қашықлайды неге меннен атар таң.
Түкке турмас өтмишимди азалап,
Шеп қабырға асты турар мазалап,
Не гүнам бар, мени бунша жазалап,
Кем-кем узақлайды неге атар таң.
МУҢЛЫ ШАЙЫР 25.10.2024